Институтымыз студенти Махим Оразмухаммедова «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы Қарары тийкарында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен мәмлекетимизде әзиз ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы тутқан орны ҳәм абыройын арттырыў, ҳаял-қызларымыздың шаңарақларда мәнаўий-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында саламат ҳәм нәўқыран етип тәрбиялаў, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәмде халықтың абаданлығын жақсылыў жолындағы хызметлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде төмендеги ҳаял-қызларымыз көкирек белгилери менен сыйлықланды:
«Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен:
Оразмухаммедова Махим Абдикарим қизи – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети студенти.
НМПИ баспасөз хызмети.