Мектепке шекемги тәлим факультети жәмәәти Тақыятастағы меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшыларын байрам менен қутлықлады

Институттың мектепке шекемги тәлим факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери Тақыятас районындағы меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары менен ушырасып, оларды байрам менен қутлықлады. Оларға студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген қызықлы концерт бағдарламасы қойып берилди.