Дене мәденияты факультети деканы «Үмит ушқыны» көкирек белгисин алған студентти қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы Қарары тийкарында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен институттың дене мәденияты факультети студенти Махим Оразмухаммедова «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланғаны ҳаққында хабар берген едик.
Факультет деканы А.Утепбергенов Махим Оразмухаммедованы көкирек белгисин алғаны ҳәм байрам менен қутлықлады.