Қоңсылас мәмлекетлерден оқыўын көшириў мәселесиндеги түсинбеўшиликлерге анықлық киргизилди

Усы жылдың 12-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында қоңсылас мәмлекетлердеги жоқары оқыў орынларында оқып атырған Өзбекстан пуқараларының оқыўын республикалық жоқары оқыў орынларына көшириў мәселесине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Б.Отемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты З.Реймова, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен жуўапкер тәреплер, оқыўын көшириў нийетинде болған жаслар, олардың ата-аналары, журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Ушырасыўда тийкарғы мәселе Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы тийкарында қоңсылас мәмлекетлердеги жоқары оқыў орынларында билим алып атырған Өзбекстан пуқараларының оқыўын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына көшириўге рухсат берилгенлиги, қоңсылас мәмлекетлерде күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларында оқып атырған жаслардың ҳүжжетлери усы жылдың 15-март күнине шекем қабылланатуғынлығы, сондай-ақ, усы мәселе бойынша айырым түсинбеўшиликлердиң келип шығып атырғаны ҳаққында болды.

Ушырасыўда қоңсылас мәмлекетлерде оқып атырған жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен тийкарғы түсинбеўшилик пайда етип атырған мәселе, аралықтан оқып атырған Өзбекстан пуқараларының республикамыздағы жоқары оқыў орынларына оқыўын көшириў менен байланыслы екенлиги атап өтилди.

Жоқары оқыў орынларының ректорлары, сондай-ақ, ушырасыўға келген депутат З.Реймова Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы тийкарында ҳүжжетлер қабылланып басланғаны, сондай-ақ, Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 28-февральдағы 13-санлы протоколына муўапық, қоңсылас мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыў бойынша ҳәм онлайн тәризде билим алып атырған студентлердиң оқыўын көшириўге рухсат берилмейтуғынлығын түсиндирип берди. Республикамызда жоқары билимлендириўдиң аралықтан оқытыў түри болмағанлығы себепли усындай шешимге келингенлиги атап өтилди.

Ата-аналар ҳәм оқыўын көшириў нийетинде болған Өзбекстан пуқараларының усынысларын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының атынан Мәмлекетлик комиссияға усыныс жибериў мәселеси де усы жердиң өзинде көрип шығылды.

Ушырасыўда усы ҳәм усы сыяқлы басқа да түсинбеўшилик пайда етип атырған мәселелерге анықлық киргизилип, пуқаралардың сораўларына жуўаплар берилди.

 

НМПИ баспасөз хызмети.