Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими, физика-математика факультетлеринде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте
Бүгин, 14-март күни азанғы ўақыттан баслап сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими, физика-математика факультетлери өз аймақларында терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, оларға суў қуйыў, қоршаған орталықты, сондай-ақ, оқыў аудиторияларын ҳәр қыйлы шығындылардан тазалап, тереклер және жол шетлериндеги тосықлар, дийўалларды ҳәклеў жумысларын аўызбиршиликли түрде алып бармақта.
