Шыбынлар коронавирусты тасыўшыларға кире ме? Балаларда да жийи ушыраса ма?

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллериниң мәлим етиўинше, шыбынлар коронавирусты тасыўшыларға кирмейди.

– Ҳәр қыйлы болжаўлар айтылмақта. Бир ғана дәлилленген шынлық бар. Ҳаўаның температурасы қаншелли жоқары болса ҳәм ыссы болса, вируслар соншелли шегинеди, – деди министрлик ўәкиллери.

Шыбынлардың вирус тасыўға байланысы жоқ. Коронавирус басқа вируслы кеселликлер сыяқлы мәўсимлик кеселлик болып табылады. Күнниң ысыўы бул кеселликти жеңип өтиўге жәрдем береди.

Сондай-ақ, қәнигелердиң айтыўынша, коронавирус балаларда дерлик ушырамайды, әдетте ол ересек адамларда болады. Бирақ, ҳәр қандай аязлаў белгилери болғанда, шыпакерге мүрәжат етиў керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.