Абитуриентлерге мәсләҳәтлер

Имтихан тапсырыўдан алдын абитуриентлердиң психологиялық тынышсызланыўда болыўы турған гәп. Бундай шараятта стресске түсиў – организмниң тәбийий реакциясы.
Буның себеби, биринши нәўбетте, ўақыяға болған жеке қатнасықта. Сонлықтан оған дурыс қатнасық қәлиплестириў лазым.
Имтихан – турмыстың көп сынақларының бири. Оған аса әҳмийет бериўдиң айрықша кереги жоқ.
Алдыңа күшиң жететуғын мақсетлерди қойып үйрен. Еле ҳешким бәрқулла жетик болған емес. Жетискенликлериң ҳәмме күткендей болмай-ақ қойсын, лекин, умытпа – олар жеке өзиңдики.
Қайсы оқыў орнына тапсырыўдан алдын қайсы сабақлықлардан көбирек балл топлаўың мүмкинлигин ойлан.
Өзиңниң ҳақыйқый мүмкиншилигиңди инабатқа ал – абырайлы қәнигелик ҳәм оқыў орнының артынан қуўа берме. Әҳмийетлиси – сениң адамгершилик сыпатларың, себеби ертең хызмет ететуғын сениң қәнигелигиң яки оқыў орның емес, ал сен!
Исиң келиспеўден, қәте жибериўден қорқыў керек емес. Ҳәрекет етпейтуғын адам ғана қәтелеспейди.
Әўметсизликлерден қашыўға урынатуғын адамға салыстырғанда, өзин табысқа сазлаған адам турмыста анағурлым жетискенликлерге ериседи.
Оқыўды баслаўдан алдын тынышланыў, өзиңди босастырыў ҳәм дыққатыңды жыйнаўың тийис.
Имтиханлардың қалай өтиўиниң, тийисли бланкаларды қалай толтырыўдың қағыйдалары менен алдыннан танысып қойғаның мақул.
Бирқыйлы ис пенен шуғыллана берсең дыққатың пәсейеди, сонлықтан оқыў исин басқа ҳәрекетлер менен алмастырып тур. Шаршаўдың алдын алыў ушын 40-50 минут оқығаннан кейин 10-15 минут тәнепис ет. Лекин, тәнепис созылып кетпесин.
Нәтийжели жумыс алып барыўы ушын мийге көп суў керек, сонлықтан әпиўайы яки газсыз минерал суўды көбирек қабыл ет. Ўақтында уйқылаўды умытпа.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги