Жаңалық! НМПИде 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың кешки билимлендириў бағдарлары ашылды

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бакалавриаттың кешки билимлендириў бағдарлары ашылды.

 

Кешки билимлендириў бағдарлары бойынша институтқа улыўма 100 студент төлемли контракт тийкарында қабыл етилиўи жобаластырылған.

 

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ашылған бакалавриаттың кешки билимлендириў бағдарлары төмендегилер:

 

5110100 – Математика ҳәм информатика (улыўма 25 орын);

 

5110200 – Физика ҳәм астрономия (улыўма 25 орын);

 

5110300 – Химия (улыўма 25 орын);

 

5110400 – Биология (улыўма 25 орын).

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.