Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021 оқыў жылы қабыллаўына байланыслы Консультация ханасы шөлкемлестирилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2020-2021 оқыў жылы қабыллаўына байланыслы сораўларыңызға жуўап бериў ҳәм бул бойынша сизлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде Консультация ханасы шөлкемлестирилгенлигин хабарлайды.

Сиз Консультация ханасына келип  сораўларыңызға жуўап алыўыңыз мүмкин. Консультация ханасының пандемия шараятында зәрүр болған гигиеналық қураллар менен тәмийинленген.

Консультация ханасының  жумыс ўақты: Дүйшембиден шемби күнине шекем, саат 08:00 ден 19:00 ге шекем.