«Мектепке шекемги билимлендириўге заманагөй қатнас жаслар нәзеринде» атамасында онлайн конференция болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Мектепке шекемги билимлендириўге заманагөй қатнас жаслар нәзеринде» атамасында онлайн конференция болып өтти.
Конференцияда мектепке шекемги билимлендириў системасына жаңа жойбарларды киргизиў, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў дәрежесин еле де арттырыў, балаларда ушырасатуғын кемшиликлердиң алдын алыў ҳәм тийисли илажлар көриў, балалардың физикалық, психологиялық, ҳәм интеллектуал потенциалын арттырыў, әмелиятта заманагөй педагогикалық билимлендириў технологияларын ҳәм мәлимлеме технологияларын қолланыў мәселелери кең түрде додаланды.
Илажды өткериўден баслы мақсет мектепке шекемги билимлендириўге инновациялық қатнас, тараўда сырт ел тәжирийбелерин қолланыў, балаларда логопедиялық кеселликлердиң алдын алыў, дефектология тараўын еле де раўажландырыўдың оптимал мәселелерин үйрениўде жаслардың басламаларын арттырыўдан ибарат болды.
Конференция жасларда тараўдағы жетискенликлер менен бирге кемшиликлерге болған көзқарасларды қәлиплестирип, оларды илимий тийкарларда шешиўге болған әмелий көнликпелерди пайда етиўге хызмет етти.
