Жаңа оқыў жылы 2-сентябрьден аралықтан оқытыў тәризинде басланады

Дүньяда даўам етип атырған бүгингидей пандемия шараятында оқыў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў және студентлердиң билим алыўын методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңа 2020-2021-оқыў жылы жоқарғы курслар – 2-, 3- ҳәм 4-курс студентлери ушын аралықтан онлайн оқытыў тәризинде басланады.
Буның ушын институтта ҳәм техникалық жақтан, ҳәм бағдарламалық тәмийнат және ресурсларды қәлиплестириў бойынша кең көлемдеги жумыслар алып барылды. Институт профессор-оқытыўшылары жоқары билим бериў процесин үзликсиз ҳәм сапалы етип шөлкемлестириўге толық таяр екенлигин мәлим етемиз.
Сентябрь айында 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыллаў бойынша тест ҳәм басқа да имтиханлар өткерилетуғынлығын есапқа алып, 1-курс студентлери ушын оқыў жылы 1-окятбрьден басланыўы жобаластырылмақта.
НМПИ баспасөз хызмети.