Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине босап қалған орынларға сайланған депутатлардың дизими жәрияланды

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары
Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 67-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И:
Босап қалған орынларға 2020-жыл 20-сентябрьде өткерилген сайлаўлардың жуўмақлары ҳаққындағы округлик сайлаў комиссияларының протоколларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған төмендеги депутатлар дизимге алынсын:
|
Сайлаў округиниң номери ҳәм атамасы |
Фамилиясы, исми, әкесиниң исми |
Туўылған жылы ҳәм жери |
Депутаттың кандидатурасын көрсеткен сиясий партияның атамасы |
Жумыс орны ҳәм лаўазымы |
|
4-санлы «Ерназар алакөз» сайлаў округи |
Айымбетова Гүлхатша Аймановна |
1961-жылы, Тахтакөпир районы |
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
«Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли вокал артисти |
|
20-санлы «Сарабий» сайлаў округи |
Отемуратов Байрамбай Пердебаевич |
1977-жылы, Қараөзек районы |
Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры |
|
25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округи |
Реимбаев Адилбек Рузимухаммадович |
1977-жылы, Беруний районы |
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары |
|
49-санлы «Қоңырат» сайлаў округи |
Айтжанов Пахратдин Юлдашевич |
1967-жылы, Хожели районы |
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
“Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети капитал қурылыс бөлими баслығы |
|
63-санлы «Қаракөл» сайлаў округи
|
Камалов Мурат Қаллибекович |
1955-жылы, Нөкис қаласы |
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми |
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры |
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров
2020-жыл, 21-сентябрь