Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «супер контракт»та оқыў ушын онлайн арза бериў имканияты жаратылды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2020-2021-оқыў жылы ушын еселенген контрактта (халық тилинде «супер контракт») оқыў нийетинде болған абитуриентлер төмендеги силтеме арқалы онлайн арза тапсырыўы мүмкин.
https://ndpi.uz/uz/super-contract/
Бунда дәслеп арзаның үлгиси көрсетилген .doc файлды жүклеп алып, үлги тийкарында арза жазылады ҳәм көрсетилген сайт арқалы арза жүкленип, жибериледи.
НМПИ баспасөз хызмети.