Тарийх факультетинде 1-курслар ушын сабақларды «Zoom» платформасы арқалы онлайн тәризде өткериў ушын қосымша шараятлар жаратылды
Институттың тарийх факультетинде 15-октябрьден баслап быйылғы оқыў жылында оқыўға қабыл етилген 1-курс студентлеринен 6 топарда сабақлар «Zoom» платформасы арқалы онлайн тәризде өткерилмекте.
12-15-октябрь күнлери аралығында шөлкемлестирилген таныстырыў сабақларында студентлерге аралықтан оқытыў бойынша көнликпелер берилди.
– Аралықтан оқытыўға қатнасып атырған профессор-оқытыўшылар ушын қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде факультеттиң 3-4-этажларында барлық 12 аудиторияны Интернет тармағы менен тәмийинлеп, онлайн сабақ өтиў ушын шараятлар жаратылды, – дейди тарийх факультети деканы М.Сарыбаев. – 1-курслар ушын сабақларды толығы менен «Zoom» платформасында өтиўге ҳәрекет етип атырмыз.
Факультет деканының қосымша етиўинше, ҳәр бир өтилип атырған сабақты институт ҳәм басқа жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларынан дүзилген экспертлер қурамы бақлап бармақта.
Экспертлер тәрепинен ең жақсы деп табылған сабақлар видеожазыўға алынып, тармақларға орналастырылмақта.
Сондай-ақ, факультетте «Zoom»да өтилген ең жақсы сабақ» конкурсы да жәрияланған болып, жеңимпаз деп табылғанлар факультет деканаты тәрепинен хошаметлениўи белгиленген.
