Институттың гезектеги Илимий Кеңеси мәжилиси болып өтти

27-октябрь күни Әжинияз атындағы НМПИ Илимий Кеңесиниң гезектеги октябрь айы мәжилиси болып өтти. «Zoom» платформасы арқалы онлайн өткен мәжилис күн тәртибинде тийкарғы төрт ҳәм қосымша ағымдағы бир мәселе қаралды.
Ректор Б.Отемуратовтың кирис сөзинен соң институтта дәстүрий оқыўды шөлкемлестириў мәселелери ҳаққында оқыў ислери бойынша проректор М.Жумамуратовтың билдириўи тыңланды.
Ҳәзирги карантин талапларынан келип шығып, оқыўды онлайн яки дәстүрий түрде даўам етиўди студентлер ҳәм олардың ата-аналарының тиккелей разылығы тийкарында алынған тил хатлары бойынша иске асырыў илажларының барысы көрип шығылды.
Институт көлеминде физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен жазба ҳәм аўызеки мүрәжәтлерди көрип шығыў бойынша Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қадировтың билдириўи де тыңланды. Ол өз сөзинде келип түскен ҳәр бир мүрәжат мейли ол аўызеки яки жазба, ямаса социаллық тармақлар арқалы болсын, барлығы дыққаттан шетте емеслигине айрықша тоқтады.
Соң 2020-2021-окыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти, И.Кәримов, А.Наўайы атындағы стипендияларға талабан студентлерге Илимий Кеңес қарары менен жоллама бериў ҳәм Әжинияз Қосыбай улы, И.Юсупов атындағы стипендияларын тайынлаў ҳаққында да пикир усыныслар тыңланды.
Тийкарғы төртинши мәселеде Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Ырысты Қуттымуратова ҳәм Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы С.Баўатдиновалардың доцент илимий атақларын алыў ушын атестациялық ҳүжжетлерин ЖАКқа усыныў бойынша Кеңес ағзаларының пикирлери билдирилди.
Сондай-ақ, еркин излениўшилердиң докторлық диссертация темаларын ҳәм илимий басшыларын (мәсләҳәтшилерин) тастыйықлаў, докторлық диссертация темаларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор П.Калхановтың билдириўи де оқып еситтирилди.
Мәжилистиң ең баслы мәселеси болған дәстүрий яки онлайн тәлим бойынша, әсиресе, еле де кеңирек үйрениў ҳәм түсиник жумысларын алып барыў керек екенлигине Кеңес ағзалары, профессор оқытыўшылар өз алдына тоқтады.
Аллаяр Дарменов,
НМПИ Илимий Кеңес ағзасы, магистрант.