Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы VIII қурылтайындағы ўазыйпалар кең түрде үгит-нәсиятланбақта

Институтта Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы VIII қурылтайындағы ўазыйпаларды профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында кең түрде үгит-нәсиятлаўға арналған илаж болып өтти.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм өз сөзинде ғәрезсиз мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Өзбекстан Республикасы Президенти Кәсиплик аўқам қурылтайы қатнасыўшыларына өзиниң қутлықлаўын жоллағанын атап өтти.
Миллионлаған инсанлардың социаллық турмысы, мәмлекетлердиң экономикасының турақлылығына кери тәсир етип атырған пандемия шараятында ҳәр бир жумыс ислеўшиниң ҳақ-ҳуқықларын қорғаўда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары шын мәнисинде пидайылық көрсетип атырғаны атап өтилди.

Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен Мойнақ районында «Ақ кеме» балалардың жазғы дем алыў лагерлериниң пайдаланыўға тапсырылыўы Республикамыз халқы ушын үлкен қуўанышлы ўақыяға айланды. Соның менен бирге, республикамыздың Бозатаў районы аймағында Саламатластырыў орайын (санатория) қурыў жумыслары басланғаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Буннан соң сөзге институттың Кәсиплик аўқамы Комитети баслығы К.Гулимбетов шығып, республикамызда мийнет қатнасықларын түпкиликли реформалаў, пуқараларымыздың мийнет тараўындағы конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыў, бәнтлик мәселесин шешиў, кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын, усындай қатнас жасаў тийкарында кейинги төрт жылда бул бағдардағы миллий нызамшылығымызды жетилистириў, халықтың нызамлы дәрамат табыўы, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанын, усы бағдарда биз ерискен нәтийжелер, жәҳән жәмийетшилиги, соның ишинде БМШ, Халық аралық мийнет шөлкеми, ЮНИСЕФ сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар тәрепинен тән алынып атырғанын айтып өтти.
Федерация тәрепинен өткен дәўир ишинде халық арасындағы машқалаларды үйрениў ҳәм олардың шешилиўинде бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын, атап айтқанда кем тәмийинленген хожалықларды үй-рузыгершилик буйымлары, турақ жайлар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, жумыссыз қалып қойған қыз-келиншеклерди тигиў машиналары ҳәм электр печкалары менен тәмийинлеў жумыслары алып барылды.
Президентимиздиң басламасы менен 11-ноябрь Өзбекстан Республикасында Кәсиплик аўқам комитети хызметкерлери күни байрамы сыпатында белгилениўи қуўанышлы ўақыя болды.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Бекмуратов сөзге шығып, мәмалекетимиз басшысы тәрепинен елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, жумыссызлықты азайтыў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» илажларын әмелге асырыўда Кәсиплик аўқамлары федерациясының орны айрықша екенин атап өтти.
Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының VIII қурылтайында көтерилген мәселелерди профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў бойынша барлық факультетлерде тийисли тараў қәнигелери, сектор баслықлары қатнасыўында ушырасыўлар ҳәм сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилмекте.

Илаж даўамында жыйналғанларға Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының VIII қурылтай ҳаққындағы видеоролик қойып берилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
