Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн ҳәм Миллетлер аралық татыўлық күни байрамы белгиленди

16-ноябрь – Миллетлер аралық татыўлық күни ҳәм 18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн байрамы мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында байрам илажы болып өтти.

 

Өзбекстан – көп миллетли татыў шаңарақ. Елимизде 130 дан аслам халық ҳәм миллет ўәкиллери аўызбиршиликте тыныш-татыў өмир сүрмекте.

 

Президентимиз басшылығындағы елимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятлар улығланғанлығы бул бағдарда мәмлекетимиздеги халықлардың дослығы ҳәм бирадарлығын айқын көрсетпекте.

 

Илажда сөзге шыққан институт проректоры Қ.Қадиров ҳәзирги ўақытта елимизде билимлендириў процеси 7 тилде алып барылып атырғаны, институтта да 10 нан аслам миллет ўәкиллери оқып, билим алып атырғаны ҳәм халықлар, миллетлер арасындағы дослық орталығын беккемлеўде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айрықша атап өтти.

 

Сондай-ақ, буннан саррас 29 жыл алдын – 1991-жылы 18-ноябрьде Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгенлиги ҳәм сол күннен баслап ғәрезсиз мәмлекетимиздиң символы сыпатында халықаралық шөлкемлер, дүнья жүзиндеги барлық мәмлекетлер ҳәм ҳәр қыйлы жарыслар, олимпиадалар, фестивальларда мәмлекетимиздиң тийкарғы нышаны екенлиги ҳаққында айтып өтти.

 

Илажға Қарақалпақстандағы миллий мәдений орайлардың баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм студент-жаслар қатнасты.

 

Илажда институттың талантлы студентлери тәрепинен қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, кореец, әзербайжан халықларының қосықлары ҳәм миллий аяқ-ойынлары атқарылды.