Конституцияның қабыл етилгенине 28 жыл толыўына арналды

Бүгин, 3-декабрь күни институттың киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажға институттың педагогика, баслаўыш тәлим ҳәм мектепке шекемги билимлендириў факультетлериниң профессор-оқытыўшылары және студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мәсләҳәтшиси, адвокат Фархад Романов, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының оқытыўшысы Гүлбәҳәр Жамилова қатнасып, жыйналғанларға тийкарғы нызамымыздың қабыл етилиўи, халқымыздың тарийхы, бүгини ҳәм келешеги ушын әҳмийети, онда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилленгенлиги, жаслар арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыў, оларды әмелде қоллана алыў бойынша түсиниклер берди.

Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар сөзге шығып, Конституцияның қабыл етилгенине 28 жыл толыўы байрамы менен жыйналғанларды қутлықлады.
НМПИ баспасөз хызмети.