“Ҳаял-қызларға көрсетилетуғын басым ҳәм зорлық жағдайлары ҳәм олардан қорғаныў” атамасында семинар болып өтти

Өзбекстан Республикасы Гендер теңлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханалары арасында тастыйықланған бирге ислесиў режесинде 2020-жыл 25-ноябрь–10–декабрь күнлери «Зорлыққа қарсы 16 күн» компаниясын өткериў белгиленген еди.

 

«25-ноябрь – Халықаралық ҳаял-қызларға қаратылған зорлыққа қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында “Ҳаял-қызларға көрсетилетуғын басым ҳәм зорлық жағдайлары ҳәм олардан қорғаныў” атамасында семинар болып өтти.

 

Семинарды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты.

 

Семинарды өткериўдиң мақсети Өзбекстанда гендер тенглиги ҳәм ҳаяллардың ҳуқық ҳәм имканиятлары ҳаққында, сондай-ақ, шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың зорлыққа ушыраў жағдайлардың келип шығыўы, тарқалыўы ҳәм гендер стереотиплери бойынша хабардар етиў дәрежесин арттырыў есапланады.

 

Ушырасыўға Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, подполковник Көптилеўова Қамар, Нөкис қалалық Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнының оқытыўшысы Ишаев Журабек, Қарақалпақстан Республикасы пуқараларды қоллап-қуўатлаў орайы баслығы Жоллыбекова Гүлсара, Нөкис қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими қәнигеси Жупар Шарафатдиновалар қатнасып, гендер теңлиги түсиниги, ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызларға қарата ушырасып атырған зорлық ҳәм басымлар, олардың алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында пикирлер алмасты.  

 

Семинар даўамында «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тәрепдарымыз!» атамасында студентлер тәрепинен таярланған плакатлар көргизбеси болып өтти.

 

Ушырасыў соңында сораў-жуўаплар болып, оқытыўшылар, студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.