Хош хабар! НМПИ волейбол командасы Өзбекстан абсолют чемпионы болды
Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң спорт залында волейбол бойынша еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан суперкубогы ушын жарыслар болып өтти. Жарысқа быйылғы жылдағы Өзбекстан чемпионлары ҳәм кубогы жеңимпазлары қатнасты.
Ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан чемпионы есапланған Қарақалпақстан Республикасының «НМПИ» командасы суперкубок жарысында Өзбекстан кубогы финалшысы Жиззақ ўәлаятының командасына ҳеш қандай имканият қалдырмады – 3:0.
Солай етип, волейбол бойынша «НМПИ» ҳаял-қызлар сайланды командасы 2020-жылғы Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды.

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.