Имтихандағы жағдай бойынша жолланған мүрәжат тийкарында жынаят иси ашылды

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Г.Б. Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты факультетлериниң биринде 2020-2021-оқыў жылы ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы оқыўға қабыллаў бойынша имтихан нәтийжелериниң рәсмийлестирилиўинен наразы болып Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине мүрәжат еткен.
Пуқара өз мүрәжатында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтындағы факультет қабыллаў комиссиясының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы оқыўға қабыллаў процесслеринде айрым абитуриентлерге топлаған балларына қосымша баллар жазылғаны және имтихан нәтийжелерин жәриялаўда белгиленген тәртипке әмел етилмегенлигин келтирип өткен.
Агентлик тәрепинен мүрәжатта көрсетип өтилген жағдайларда коррупция ҳәм өз ара мәпдарлық белгилери болыўы мүмкинлиги есапқа алынып, жағдай бойынша объектив ҳәм толық үйрениў өткерилиўи ушын топланған ҳүжжетлер Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына жиберилди.
Прокуратура тәрепинен алып барылған тергеўге шекемги тексериў даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты факультетлериниң бирине 2020-2021-оқыў жылы ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы оқыўға қабыллаў процесслеринде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрығы менен бириктирилген комиссия баслығы ҳәм ағзалары тәрепинен рәсмий ҳүжжет есапланатуғын имтихан өткериў бойынша дизимге алыў ҳүжжетлерин өзгертиў жолы менен жалған мағлыўматлар киргизилгенлиги анықланған.
Жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 228-статьясы 2-бөлими «б» бәнти тийкарында жынаят иси ашылып, жынаят иси материаллары тергеўге тийислилиги бойынша ишки ислер уйымларына жиберилген. Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Жағдай бойынша қосымша мағлыўматлар бериледи.
Усы орында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-2021-оқыў жылы ушын айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларына студентлерди қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларды өткериў ҳаққындағы 2020-жыл 24-августтағы №437 буйрығы ҳәм институттың 2020-жыл 25-августтағы №449 Д/1-санлы буйрығы тийкарында барлық кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар Қарақалпақстаннан бирде-бир жуўапкер бекитилмеген ҳалда ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларынан дүзилген комиссия қурамы тәрепинен өткерилгенлигин мәлим етеди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.