Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатындағы жоқары билимлендириўди жетилистириў бойынша әҳмийетли мәселелерге бағышланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске Мүрәжатында социаллық тараўдың барлық буўынлары қатарында тәлим-тәрбия, жаслар сиясаты ҳәм тиккелей жоқары билимлендириў системасына байланыслы алдағы исленетуғын жумыслар белгилеп берилди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен болып өткен ушырасыўда усы мәселелер бойынша кең түрде пикир алмасылды.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды. Ушырасыўда миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының үлкен оқытыўшысы Б.Арзиева ҳәм проректор Қ.Қадиров баянат жасап, Президенттиң парламентке Мүрәжатындағы басшылыққа алынған баслы ўазыйпаларға кең түрде тоқталып өтти.

«Улыўма, ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўында оның келешегин тәмийинлейтуғын жас әўладтың саламат ҳәм бәркамал болып ер жетиўи шешиўши орын ийелейди. Соның ушын биз реформаларымыздың көлемин ҳәм нәтийжесин және де арттырыўда ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билим ҳәм өнерлерди пуқта ийелеген, күш-ғайратлы, интакер жасларымызға сүйенемиз», – деген еди Президент Ш.Мирзиёев парламентке Мүрәжатында.

 

Мүрәжатта елимизде Үшинши Ренесанс тырнағын қурыўдай уллы мақсетти алдымызға қойған екенбиз, оның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер, Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялап беретуғын орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз кереклиги, бунда, бәринен бурын, тәлим-тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин енгизиў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың тийкарғы үстинликлери болып хызмет етиўи кереклиги атап өтилген еди.

Усы мақсетте «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея тийкарында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў баслы мәселелердиң бири сыпатында белгиленди.

 

Бала туўылғанынан баслап, 30 жасқа шекемги дәўирде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, өмирде мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем беретуғын, бир пүтин ҳәм тутас система жаратылатуғынлығы ҳаққында сөз етилди.

«Егер үлкен әўладтың билим ҳәм тәжирийбесин, узақты көре алыў пазыйлетлерин жасларымыздағы күш-ғайрат, мәртлик ҳәм пидайылық пенен бирлестире алсақ, гөзлеген шеклерге әлбетте жетемиз.

 

Жаңа Өзбекстанды мине усындай билимли ҳәм дөретиўши жасларымыз бенен биргеликте қурамыз», -деп беккем исеним билдирди мәмлекетимиз басшысы.

Әне усы әҳмийетли бағдарларда баслаған жумысларымызды даўам еттириў ҳәм жаңа, жоқары басқышқа көтериў мақсетинде кирип киятырған 2021-жылға елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама бериўди усыныс етти.

 

Мүрәжатта белгилеп берилгениндей, жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылады. Кейинги жылдан баслап жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың саны кеминде 25 процентке арттырылады.

Жоқары оқыў орынларына қабыллаўда жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар санын  2 есеге көбейтип, 2 мыңға жеткеремиз. Жақсы баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ушын арнаўлы стипендиялар енгизиледи.

 

Ҳәзирги ўақытта жаслар ең абырайлы жоқары оқыў орынларына кириў ушын умтылады. Бирақ жоқары оқыў орынлары арасында билимли ҳәм талантлы жасларды тартыў бойынша бәсеки жоқ. Соның ушын жеке меншик жоқары оқыў орынларына да зәрүр қәнигелерди таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериў системасы жолға қойылады.

Жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў системасының төменги буўынлары арасындағы избе-изликти күшейтиў мақсетинде 65 академиялық лицей жоқары оқыў орынларының қарамағына өткериледи. Сондай-ақ, 187 техникум да өз бағдары бойынша уқсас жоқары оқыў орны ҳәм тармақ кәрханаларына бириктириледи.

 

Абырайлы сырт ел университетлери, илимий ҳәм инновациялық орайлар менен байланысларды күшейтиў, олар менен кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

 

Усы мүнәсибет пенен келеси жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге арттырылады. Бул бағдарлама арқалы биринши мәрте бакалавр бағдарында шет еллерге 100 ул-қызларымызды жиберемиз. Кейинги жыллардан олардың саны 2-3 есеге көбейтиледи.

 

Жаңа жылда елимиздеги 30 жетекши жоқары оқыў орнына оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қабыллаў квотасы ҳәм қаржы мәселелерин еркин шешиў ҳуқықы бериледи.

 

Келеси жылы илим тараўында жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлердеги докторантлардың саны 4,5 мыңға жеткериледи ямаса 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге арттырылады. Усы мақсетлер ушын бюджеттен қосымша 240 миллиард сум ажыратылады.

 

Алдыңғы халықаралық әмелият тийкарында доцент ҳәм профессор илимий атақлары, философия ҳәм илим докторы илимий дәрежелерин бериў ўәкиллиги өз бағдары бойынша абырайлы болған жоқары оқыў орынларының илимий кеңеслерине өткериледи.

 

Усы жылы биринши мәрте математика, химия-биология, геология пәнлерин билимлендириў ҳәм илимниң тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп, оларды комплексли раўажландырыў илажлары көрилди. Соның ишинде, 98  қәнигелескен мектеплер және Геология пәнлериниң университети шөлкемлестирилди. Оқыў бағдарламалары түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, оқытыўшылардың мийнет ҳақысы арттырылды.

 

Егер тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, дүньядағы дерлик барлық ойлап табыў ҳәм технологияларды жаратыўда физика пәниниң фундаменталь тийкар болғанын көремиз. Ҳақыйқатында да, физика нызамлықларын терең ийелемей турып, машина қурылысы, электротехника, IT, суў ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар сыяқлы бүгин заман талап етип атырған тараўларда нәтийжеге ерисип болмайды.

 

Уллы ойшыл шайырымыз Мир Әлийшер Наўайы өз дәўиринде жасларға мүрәжат етип,«Қуяштай нур таратыўды қәлесең, кәмилликке умтыл»деп жазған. Шынында да, адамларға қуяштай бийминнет нур таратыўды, жақсылық етиўди қәлейтуғын инсан, кәмилликке умтылып, ҳәр қыйлы илим ҳәм кәсип-өнерлерди өзлестириўи зәрүр.

 

Усы мақсетте келеси жылы билимлендириўдиң барлық буўынларында бул пәнлерди оқытыў сапасын түп-тийкарынан арттырыў, қәнигелескен мектеплерди ашыў, маман педагогларды тартыў сыяқлы системалы жумыслар әмелге асырылады.

 

Физика бойынша Аҳмад Фарғаний атындағы халықаралық пән олимпиадасы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ физика бағдарында илимий излениўлер көлемин ҳәм сапасын арттырыў, жас илимпазларға зәрүр шараятларды жаратыў бойынша қосымша илажлар әмелге асырылады.

 

Соның менен бирге, жаслар арасында бәнтликти тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселеси итибарымыз орайында болады.

 

Буның ушын келеси жылы профессионал билимлендириў системасы мийнет базарындағы талап ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес жаңаша қатнаслар тийкарында реформаланады.

 

Буннан былай жумысшы кәсиплер бойынша талап қойыўда маманлық тийкарғы орынға шығады.

 

Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери, шын жетим, майыплығы болған ҳәм емлениўге мүтәж балаларға айрықша меҳир-мүриўбет көрсетиў бойынша жаңа система енгизиледи.

 

2021-жылы биринши мәрте бюджеттен 900 шын жетим жасларды турақ жай менен тәмийинлеўге 50 миллиард сум ажыратылады.

 

Улыўма, бундай ийгиликли ислерди системалы жолға қойыў ушын Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондын шөлкемлестирип, оған бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылады.

Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар сөзге шығып, мәмлекетимиз басшысының Мүрәжаты алдымызда турған жылда орынлайтуғын жумысларымызға концептуал тийкар болатуғынлығы, белгилеп берилген усы ўазыйпаларды әмелге асырыў арқалы келешегимиз болған жаслар ушын кең имканиятлар есигин ашыў мүмкиншиликлери болатуғынлығын атап өтти.

 

НМПИ баспасөз хызмети.