Профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге рак кеселликлери бойынша түсиниклер берилди

4-февраль – Дүнья жүзилик рак кеселлигине қарсы гүресиў күни

 

Халқымыз арасында онкологиялық кеселликлер ҳаққында көпшиликте унамсыз түсиниклер қәлиплескенлиги, яғный усындай кеселликлер менен наўқасланғанлар ҳеш қашан саўалмайды деген пикирлер жийи-жийи қулаққа еситилип қалатуғынлығы бар гәп.

Бирақ, бул оғада надурыс түсиник болып, егер наўқасланған адамлар өз ўақтында медициналық тексериўден өтсе ҳәм оларға тийисли емлеў илажлары алып барылса, 80-90% жағдайда инсанлардың өмири сақланып қалынады. Тилекке қарсы, жоқарыдағыдай надурыс түсиниклер наўқаслардың өз ўақтында шыпакерлерге мүрәжат етпеўине себепши болмақта.

 

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүньяда ҳәр жылы 18 миллионға шамалас адам рак кеселликлерине шатылады, солардан 2 миллионнан асламы, ал Өзбекстанда ҳәр жылы 22 мыңнан аслам наўқаста рак кеселлиги анықланып атырған болса, солардың 14% и көкирек (сүт) бези рагы екенлиги тийисли тараў қәнигелерин халқымыздың усы кеселлик ҳаққындағы түсиниклерин кеңейтиўине, бул бағдардағы үгит-нәсият жумысларын күшейтиўге бағдарлаўға түртки болмақта.

 

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда рак кеселликлери арасында асқазан рак кеселлиги 1-орында турған болса, буннан кейинги орынларды көкирек (сүт) бези рак кеселлиги ҳәм жатыр мойын рак кеселлиги ийелеп келмекте.

 

Ҳәр жылы Қарақалпақстанда 1400 ге шамалас адам рак кеселликлери менен наўқасланып, жаңадан дизимге алынбақта.

Бүгин, 4-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында рак кеселликлери ҳәм олардың алдын алыў бойынша болып өткен ушырасыўда жоқарыдағы мәселелер бойынша сөз барды.

Институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басшылығында өткерилген ушырасыўға Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайынан онкохирург шыпакер, медицина илимлери кандидаты Хуршиджон Абдикаримов ҳәм орайдың Қарақалпақстан филиалының Ҳаяллардың репродуктив ағзалары бөлими баслығы, маммолог Алишер Жумамуратов ҳәм Радиология бөлиминиң радио-терапевти Салтанат Төремуратова қатнасты.

 

Ушырасыўда қәнигелер тәрепинен жатыр мойын рак кеселлиги ҳәм көкирек (сүт) бези рак кеселлиги, оның келип шығыўы, кеселликтиң алдын алыў илажлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Жатыр мойын рак кеселлиги алдынлары 50 жастан жоқары ҳаял-қызлар арасында жийи бақланған болса, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан шараятында 30-35 жас әтирапындағы ҳаял-қызлар арасында да ушыраспақта.

 

Қәнигелердиң атап өтиўинше, көпшилик наўқаслар усы кеселликлердиң екинши ҳәм үшинши стадияларында шыпакерлерге көринип, емленеди. Бирақ, бул көпшилик жағдайларда наўқаслардың денсаўлығының еле де төменлеп кетиўине алып келиўи мүмкин. Сонлықтан, усындай кеселликлердиң белгилери бақланыўы менен дәрриў аймақлық поликлиникаларда комплексли тексериўден өтиў, улыўма алғанда өз ўақтында шыпакерлерге хабарласыў кереклиги атап өтилди.

Илажда рак кеселликлериниң алдын алыў ушын бәрқулла саламат турмыс тәризине әмел етип, зыянлы әдетлерден аўлақ болып, спорт пенен турақлы шуғылланып, дурыс аўқатланыў нормаларына итибар қаратып, тез-тезден медициналық тексериўлерден өтип турыў мақсетке муўапық екенлиги ҳаққында пикирлер билдирилди.

Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.