Америка Кеңесиниң Халықаралық билимлендириў бойынша ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Америка Кеңесиниң Халықаралық билимлендириў бойынша ўәкиллери Баҳром Туйчев ҳәм Дониёрбек Шаймурзаев пенен ушырасыў болып өтти.
Мийманларды институттың оқыў ислери бойынша проректоры Мырзамурат Жумамуратов қабыллады. Ушырасыўға институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти Дина Мамырбаева ҳәм халықаралық бөлим баслығы Алымжан Бимбетов қатнасты.
Институттың оқыў ислери бойынша проректоры Мырзамурат Жумамуратов мийманларға институттағы оқыў процеси, соңғы жылларда қолға киргизилип атырған табыслар ҳаққында сөз етти.
Ушырасыўда институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти Дина Мамырбаева “English Access Microscholarship Program” жойбары ҳаққында толық мағлыўматлар берди.
Халықаралық бөлим баслығы Алымжан Бимбетов сырт ел жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен орнатылған халықаралық байланыслар ҳаққында айтып өтти.

Өз гезегинде, Америка Кеңесиниң Халықаралық билимлендириў бойынша ўәкили Баҳром Туйчев Кеңестиң алып барып атырған жумыслары, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында инглис тилин оқытыў ҳәм раўажландырыў бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Ушырасыўда инглис тилин оқытыў ҳәм раўажландырыў бойынша бирге ислесиўди жетилистириў бойынша келисип алынды.
НМПИ баспасөз хызмети.