Факультетлерде жәмийетлик кеңестиң қурамы сайланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық факультетлеринде жумыс алып барып атырған жәмийетлик кеңеслердиң жумысларын қайтадан көрип шығыў ҳәм кеңестиң қурамын сайлаў бойынша мәжилислер болып өтти.
Өткерилген илажларда факультетлердиң жәмийетлик кеңеслери тәрепинен исленген жумыслар сын көзқарастан көрип шығылып, орын алып атырған кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында пикир алмасылды.

Мәжилислер институттың жәмийетлик кеңесиниң баслығы Қ.Қощанов, кеңес хаткери Б.Гүлимбетов, факультет деканлары, профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм ата-аналар қатнасыўында өткерилип, барлық факультетлерде жәмийетлик кеңестиң баслығы, орынбасарлары ҳәм хаткерлери, сондай-ақ, турақлы ағзалары сайланды.
Институт профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен беккем байланыслар орнатыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў менен бирге ўазыйпа және миннетлемелерин толық атқарыў бойынша қадағалаў орнатыў, билимлендириў тараўында орын алып атырған ҳәр қыйлы машқалалы жағдайлар, соның ишинде, дәмегөйлик, коррупция сыяқлы иллетлер бойынша жәмийетлик кеңес тәрепинен алдағы исленетуғын жумыслар белгилеп алынды.


Мағлыўмат ушын, кеңес өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып барып, турақлы жумыс алып барады. Кеңестиң қабыл еткен қарарлары усыныс характерине ийе болады. Қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде институт мәплерин қорғаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң ҳуқықларын қорғаў, оқыў процесин жетилистириўге бағдарланған усыныслар ислеп шығыў, тараўға байланыслы жәмийетлик хызметлер көрсетиў, жәмийетлик шериклик шеңберинде әмелге асырылатуғын келисимлер, шәртнамалар, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды жүзеге шығарыўда институт ҳәм оның жуўапкер тәреплериниң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.



НМПИ баспасөз хызмети.