Байрам мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылар арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди

Жоқары оқыў орынларында жумыс ислеп ҳәм жасларға билим берип атырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, ҳаял-қызлардың интеллектуал ой-пикирлерин ҳәм сиясий саўатлылығын раўажландырыў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен институт профессор-оқытыўшылары арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди.

 

Оған улыўма 9 команда қатнасты. «Заковат» интеллектуал ойынын институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Отенова ҳәм жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Бекмуратовлар ашып берди ҳәм қатнасыўшы командаларға әўмет тиледи.

 

Интеллектуал ойында улыўма 20 сораў ойналды ҳәм жеңимпазлар анықланды.

 

Жарыс жуўмағында 1-орынды шет тиллери факультети «Smart Ladies» командасы, 2-орынды аралықтан оқытыў кафедрасының «Интеграция»  командасы, 3-орынды түркий тиллер факультетиниң «Версал» командасы ийеледи.

 

Жеңимпаз болған командаларға институт ректораты тәрепинен таярланған дипломлар тапсырылды.

 

Басқа қатнасыўшы команда ағзаларына белсене қатнасқаны ушын ҳүрмет жарлықлары берилди.