Сырт елли студентлерге байрам дастурханы жайылып, концерт бағдарламасы усынылды

Бүгин, 23-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында сырт еллерден келип оқып атырған студент жаслар ушын Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен байрам дастурханы жайылып, концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

 

Илажға институт ректоры Б.Отемуратов қатнасып, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы, шығыс халықларының жыл басы болған Наўрыз байрамы менен қутлықлап, студентлердиң оқыўларына табыслар тиледи.

Буннан соң студентлер байрам дастурханына мирәт етилип, институттың талантлы жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы усынылды.

 

Усы орында атап өтиў орынлы, институтта Түркменстан Республикасынан 26, Қазақстан Республикасынан 2 студент оқып атырған болып, пандемия шараятында олардың ҳал-жағдайларынан хабар алыў, машқалаларын шешиў, билим алыўы, турақ жай менен тәмийинлениўи ҳәм усы сыяқлы басқа да шараятларды жаратыў бойынша нәтийжели жумыслар жолға қойылған. Ҳәттеки, олардың бириниң денсаўлығын тиклеўи ушын хирургиялық әмелият өткериў бойынша қәрежетлер қапланып, өз ўақтында хабар алынып келинбекте.

 

– 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен де байрам дастурханын жайып, концерт шөлкемлестирген едик. Мине, бүгин бул бағдардағы жумысларымызды даўам еттирип атырмыз. Институтымыз есигинен кирип-шығып атырған барлық жаслар бизиң балаларымыз. Биз бәрқулла оларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетип келмектемиз, – дейди институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.

 

Өз гезегинде, студент жаслар да сөзге шығып, пандемия шараятында институт ректораты тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлар, аталарша итибар ҳәм ғамқорлықлары ушын миннетдаршылық билдирип, қосықлар атқарып, аяқ-ойынларға түсти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.