Қысқа мүддетли илимий стажировкаларға жибериўге байланыслы таңлаў жәрияланғанлығын мәлим етемиз

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2021-жыл 22-февральдағы 01-51/1031-санлы хатына тийкарланып «Жас алымларды жетекши шет ел илимий шөлкемлеринде (орайлар, университетлер ҳәм басқалар), соның менен бирге, илимий лабораторияларды үскенелеў ушын сатып алынатуғын жоқары технологиялық әсбап-үскенелерде ислеў методикасын өзлестириў ушын қысқа мүддетли илимий стажировкаларға жибериўге байланыслы таңлаў жәрияланғанлығын мәлим етемиз.
Ҳүжжет тапсырыў мүддети 2021-жыл 15-апрельге шекем.
Қатнаспақшы болған талабанлар 14-апрель саат 15:00 ден кешиктирмей хүжжетлерин толықтырып, электрон формада Илимий ислер, инновациялар ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлимине жеткериўиңиз яки +998 94 1465943, +998 97 3544570 телеграм номерлерине жибериўиңиз керек екенлигин билдиремиз.
Илимий ислер, инновациялар ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими
Толық мағлыўматларды усы жердеги қосымша арқалы билип алыўыңыз мүмкин