Профессор-оқытыўшылар арасында өткерилген «Дослық спартакиадасы» спорт жарыслары жуўмақланды
Институт профессор-оқытыўшылары арасында «Спорт пенен нәшебентликке қарсы саламат өмирге қарай!» сүрени тийкарында «Дослық спартакиадасы» спорт жарыслары өткерилип атырғаны ҳаққында алдын хабар берген едик.
Спорттың 6 түри – стол тенниси, бадминтон, шахмат, мини футбол, волейбол ҳәм баскетбол спорт түрлери бойынша өткерилген жарысларға институттың ер ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат болған профессор-оқытыўшылар жекелик ҳәм командалық көринисте өз ара жарысқа түсти.
Жарыс нәтийжелери бойынша жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери институт ректораты ҳәм спорт клубы тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.
Сыйлықлаў илажында сөзге шыққан проректорлар П.Калханов ҳәм Р.Ибадуллаев, спорт клубы баслығының орынбасары А.Ережепов соңғы ўақытларда институт жәмәәти тәрепинен спортта қолға киргизилип атырған табысларды атап өтти ҳәм жеңимпазларға диплом және саўғаларды тапсырды.

НМПИ баспасөз хызмети.