ТӘЛИМ-ТӘРБИЯНЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ АКТУАЛЬ МӘСЕЛЕЛЕРИ ТАЛҚЫЛАНДЫ

Әжинияз  атындағы Нөкис  мәмлекетлик  педагогикалық  институтында 2021-жылы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылына бағышланып «Улыўма педагогика ҳәм психология» кафедрасы тәрепинен «Бүгинги күнде тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыўдың актуаль мәселелери» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди.

Бүгинги күнде тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыўда билимлендириў системасында тәлим-тәрбияға қойылып атырған талаплар, талаба-жасларға кең түрде үгит-нәсиятлаўды, әдеп-икрамлылық, батырлық, мәртлик қәсийетлерди жас әўладқа сиңдириў, талаба-жаслардың илим-билимге деген қызығыўшылығын арттырыў, соның менен бирге билимлендириў системасын жетилистириў барысында, ушырасып атырған бир қатар машқалалар, оның шешимлери ҳаққындағы әҳмийетли мәселелерине байланыслы билимлендириўде алып барылып атырған жумысларды, жоқары оқыў орынларында илимий жаңалықларды талқылаў, үйрениў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў  жолларын  усыныў мақсетинде шөлкемлестирилген бул конференция «ZOOM» платформасы арқалы өткерилди.

Оған Республикамыздың жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары, үлкен илимий хызметкер-излениўшилер, докторантлар, стажёр-излениўшилер, магистрантлар, талабалар, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтлары илимпазлары қатнасты.

Конференцияны институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Буннан соң Баслаўыш тәлим факультети деканы У.Сейтжанова сөзге шығып, республикалық конференцияның ашылыўы менен қатнасыўшыларды қутлықлады. Соңынан педагогика илимлериниң докторы, профессор Ө.Әлеуовтиң  «Қарақалпақ халқындағы миллий тәрбия ҳәм миллий психология машқалалары», педагогика фанлари докторы, профеcсор Ф.Юзликаевтың «Философско-методологические основы образовательно-педагогической прогностики», Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы профессоры, педагогика илимлериниң кандидаты А.Пазыловтың «Жасларды илим-изертлеў жумысларына  қызықтырыў  ислерин жетилистириў имкәниятлары», Гүлистан мәмлекетлик университети Баслаўыш талим кафедрасы баслығы педагогика фанлари докторы, профессор Б.Рахимовтың «Узлуксиз таълим тизимида илмий-тадқиқот ишларини  самарали ташкил этиш мазмуни», Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы, педагогика илимлериниң докторы Т.Утебаевтың «Бүгинги күнги педагогика илимин раўажландырыўдың актуаль мәселелери», тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) Т.Аметовтың «Замонавий таълимда педагогик психология фанининг долзарб масалалари», Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы доценти, педагогика илимлериниң кандидаты Қ.Сейтмуратовтың «Қарақалпақстандағы жәдидшилик-ағартыўшылық ҳәрекетине айырым штрихлар», Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы оқытыўшысы Х.Ерлепесованың «Окытыў процессинде студентлердиң пикирлеўин раўажландырыўға бағдарланған инновациялық (интерактив) технологиялар», Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы таяныш докторанты З.Сарсенбаеваның «Talabalarning lingvomadaniy kompetentsiyasini shakllantirishning pedagogik ahamiyati»атамаларындағы баянатлары тыңланды.

Конференция жумысы секция мәжилислеринде даўам етти.

 

Қуралбай Кеңесбаев,

Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы таяныш докторанты.