Шет тиллери факультетинде Әлийшер Наўайы ҳәм Бабурдың педагогикалық көзқарасларына арналған әдебий кеше шөлкемлестирилди

Институттың шет тиллери факультетинде уллы данышпанлар, өзбек әдебиятының көрнекли ўәкиллери, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шайыр Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күни байрамы мүнәсибети менен «Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың педагогикалық көзқараслары» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының үлкен оқытыўшысы Т.Есемуратова басшылығында шөлкемлестирилген кешеге факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Кешеде Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур дөретпелери тийкарында таярланған сахналық көринислер кешеге айрықша мазмун бағышлады.