Институтымыз студенти Қәллибек Муҳаммеддинов Халықаралық III «Восточный базар «Тюбетейка» мәденият фестивалында 1-орынды ийеледи

Усы жылдың 13-16-февраль күнлери аралығында Россия Фередациясының пайтахты Москва қаласындағы Тишинская майданындағы Тишинка саўда орайында Халықаралық III «Восточный базар «Тюбетейка» мәденият фестивалы болып өтип атырғаны ҳаққында хабар берген едик.
Фестивальға Өзбекстан, Әзербайжан, Тәжикстан, Түркменстан, Қазақстан, Татарстан, Қырғызстан, Башқуртстан ҳәм Россияның басқа да аймақларынан ўәкиллер қатнасты.
Өзбекстан делегациясы қурамында институтымыздың педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының студенти Қәллибек Муҳаммеддинов та қатнасқанлығы институтымыз жәмәәтин қуўанышқа бөлеген еди.
Фестиваль шеңберинде институтымыз студенти Қәллибек Муҳаммеддинов қарақалпақша миллий қосықларды шеберлик пенен атқарды.
Фестиваль жуўмақлары бойынша Қәллибек Муҳаммеддинов эстрада бағдарындағы жеке атқарыўшылығы ушын 1-орынға ылайық деп табылды. Соның менен бирге, оған фестивальда белсене қатнасқаны ушын дипломлар, естелик саўғалары да тапсырылды.


Мағлыўмат ушын, Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 4-7-январь күнлери Қазақстан Республикасы Нур-Султан (Астана) қаласында өткерилген V Халықаралық көп жанрлы «Gloria» фестивалында қатнасып, эстрада бағдары бойынша 1-орынды ийелеген еди.
