Шет тиллери факультетинде 2020-2024-жылларда институтты раўажландырыўдың 7 баслы бағдары додаланды

Шет тиллери факультетинде нәўбеттеги илимий кеңес болып өтти.

Факультет деканы И.Дильманов басқарған мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер қатарында 2020-2024-жылларда институтымызды раўажландырыўдың 7 баслы бағдарын профессор-окытыўшылар арасында үйренип шығыў мәселеси қаралды. Бул бойынша илимий кеңес ағзалары тәрепинен анық усыныслар берилди.

Ҳақыйқатында да, бир исти басламастан алдын, оның түп мазмуны ҳәм әҳмийетин түсинип алыў зәрүр.

Кеңесте шығып сөйлеген педагоглар усы ҳәм басқа да көрип шығылған мәселелер бойынша өз усынысларын билдирди ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.