Институт психологы студентлер арасында өзин-өзи баҳалаў ҳәм жетискенликке ерисиў жоллары ҳаққында семинар-тренинг өткерди

Институт психологы Г.Төрениязова тарийх факультетиниң 3-курс, дене мәденияты факультети 2-курс ҳәм мектепке шекемги тәлим факультетиниң 1-курс студентлерине «Өзимизге болған баҳамыз ҳәм жетискенликке ерисиў жоллары» атамасында семинар-тренинглер шөлкемлестирди.

Өткерилген илажлар даўамында психолог руўхый тәрептен жетилисиў, өз алдына қойған мақсетлерди әмелге асырыўды қәлеўшилер ушын ҳәр қыйлы бағдардағы психологиялық шынығыўлар ислетип, мәсләҳәтлерин берди.