Институтымыз студентлери «Таза қала» жаслар акциясында белсендилик көрсетпекте

Хабарыңыз бар, бүгин, 7-март күни Нөкис қалалық ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен пайтахтымыздың 50 орнында «NCity» жойбары тийкарында «Таза қала» акциясы өткерилмекте.

Акцияға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары да белсене қатнаспақта.

Белгиленген аймақларды жабайы өт-шөплерден тазалаў, шығындыларды арнаўлы автомобильлер жәрдеминде тийисли орынларға алып барыў, тереклерди ҳәклеў ҳәм жаңа терек нәллерин отырғызыў сыяқлы жумыслар жаслар тәрепинен әмелге асырылмақта.

Акция даўам етпекте.

 

НМПИ баспасөз хызмети.