«Қызлар гүлдәстеси» таңлаўының институт басқышы болып өтти
Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўының институт басқышы болып өтти.
Таңлаўға факультет басқышларында жеңимпаз болған студент-қызлар қатнасты.
Таңлаўды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм байрам мүнәсибети менен барлық ҳаял-қызларды қутлықлады.
Институт ҳаял-қызлар кеңеси ҳәм студентлер турақ жайының тәрбияшы-педагоглары тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда қызлар өзлериниң билим ҳәм турмыслық көнликпелерин сынақтан өткерди.
Таңлаў жуўмағында институттың педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының 3-курс студенти Г.Қудайбергенова 1-орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
