Тәбийғый пәнлер факультетинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте
Бүгин, 14-март күни азанғы ўақыттан баслап тәбийғый пәнлер факультети өз аймақларында терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, оларға суў қуйыў, қоршаған орталықты, сондай-ақ, оқыў аудиторияларын ҳәр қыйлы шығындылардан тазалап, тереклер және жол шетлериндеги тосықлар, дийўалларды ҳәклеў жумысларын аўызбиршиликли түрде алып бармақта.
