Студентлердиң турақлы жасаў орынларына жетип барыўы толық тәмийинленди

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 16-март күнинен баслап республикамыздағы барлық билимлендириў мәкемелери қатарында жоқары оқыў орынларында карантин жәрияланып, мүддетинен алдын еки ҳәптелик (ҳәзирше) дем алыс берилди ҳәм оқыўлар тоқтатылды.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында проректорлар, факультет деканлары, профессор-оқытыўшылардан ибарат штаблар дүзилип, студентлердиң дем алысқа шығыўы менен байланыслы шөлкемлестириў жумыслары алып барылды.
Ҳәзирги ўақытта институтта улыўма 10 221 студент билим алып атырған болып, соннан 7146 сы бакалавр, 223 и магистратура бағдарларында, 1531 студент арнаўлы сыртқы, 1247 студент сыртқы бөлимде ҳәм 74 студент екинши қәнигеликте оқыйды.
Студент-жаслардың басым көпшилиги, анықлаў етип айтқанда, 8990 студент Қарақалпақстан Республикасынан болып, 27 си қоңсылас республикалардан, қалғанлары ўәлаятлардан келип оқып атырған жаслар болып табылады.
– Арнаўлы штаб 16-марттан баслап Қарақалпақстан Республикасының районлары ҳәм ўәлаятлардан келип оқыйтуғын студентлерди үйлерине жибериў мәселеси менен шуғылланды. Буның ушын жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте арнаўлы автотранспортларды көбейтиў, район ҳәм ўәлаятларға қосымша рейслер шөлкемлестириў бойынша әмелий жумыслар алып барылды. Сондай-ақ, жол кирей баҳаларының нызамға қайшы түрде көтерилиўиниң алдын алыў бойынша штаб ағзалары тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылды, – дейди институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.
Қоңсылас Түркменстан Республикасынан келип оқып атырған 27 студенттиң өзлериниң сораныўы бойынша Қарақалпақстандағы жақын ағайин-туўысқанларының үйлерине жетип барыўы тәмийинленди.
Ҳәзирги ўақытта студентлер толығы менен өзлериниң турақлы жасаў орынларына жетип барды. Оларға карантин дәўиринде ҳәрекетлениў қағыйдалары толық түсиндирилди.
Институтта сабақларды онлайн тәризде шөлкемлестириў ҳәм ҳәр бир студентке жетип барыўын тәмийинлеў мақсетинде видеосабақлар шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылмақта.
НМПИ баспасөз хызмети.