Жоқары оқыў орынларының студентлери ушын және бир стипендия шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президенти «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:
2020-жыл октябрь айында уллы художник ҳәм нағыс ойыўшы Камолиддин Беҳзод туўылған күниниң 565 жыллығын кеңнен белгилеў;
Камолиддин Беҳзодтың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Ташкент қаласының көшелеринен бирине оның атын бериў;
2020/2021 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелеринде сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер ҳәм дизайн бағдарында билим алып атырған студентлер ушын Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў;
жас талантлы дөретиўшилерди анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Камолиддин Беҳзод избасарлары» миниатюра ҳәм халық әмелий көркем өнери шығармаларының дөретиўшилик таңлаўын шөлкемлестириў және оны ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерип барыў белгиленсин.
Камолиддин Беҳзод туўылған күниниң 565 жыллығын кеңнен белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети тастыйықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги