Институт оқытыўшысы Нөкистеги «Ақ жағыс» мәҳәллесиндеги жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди

Хабарыңыз бар, усы жылдың 22-апрель күни Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларының кескин кемейиўиниң алдын алыў мәселелерине арнап өткерилген видеоселектор жыйналысында халқымыздың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасы билдирилген еди.

Усы ийгиликли басламадан келип шығып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетиниң оқытыўшысы Дәрменбай Нурышев өз есабынан пайтахтымыз Нөкис қаласындағы 41-санлы «Ақ жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жәрдемге мүтәж болған 5 шаңараққа улыўма 500 мың сумлық бирлемши азық-аўқат өнимлери – картошка, пияз, гешир, ақ май, капуста, қант, помидор, қыяр палыз ҳәм овощ өнимлерин жеткерип берди.

Мүбәрек Рамазан айында мүтәжлерге жәрдем бериў халқымызға тән пазыйлетлердиң бири болып табылады.