«Шет тиллери сабақларында STEM технологияларынан пайдаланыў усыллары» атамасында онлайн халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында  2020-жыл 4-май күни «APPROACHES AND TECHNIQUES  OF USING STEM TECHNOLOGIES IN FOREIGN LANGUAGE CLASSES (Шет тиллери сабақларында STEM технологияларынан пайдаланыў усыллары)» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференцияны «ZOOM» платформасы  арқалы аралықтан шөлкемлестирилди.

Конференцияның  мақсети – шет тиллерин оқытыў хәм оқытыўдағы жаңалықларды ен жайдырыў ҳәм билимлендириўдеги өзгерислерди жеделлестиўден ибарат. Бул конференция STEM билиминиң  жетекшилери хәм инноваторлары, сондай-ақ шет тиллерин оқытыў бойынша қәнигелерди бирлестиреди.  

Конференцияның тийкарғы бағдарлары:

  • Үзликсиз раўажланыў мақсетлери ушын илим, технология ҳәм инновациялар;
  • Билимлендириўдеги жаңа тенденциялар ҳәм тәжирийбелер;
  • XXI әсир көнликпелери: дөретиўшилик хәм оқыў материаллары дизайни.

Конференцияны институттың Илимий ислер хәм инновациялар бойынша проректори, физика-математика илимлери бойынша философия докторы (Phd) П.Ж.Калханов ашып берди ҳәм конференцияның әҳмийети, оның мақсети хәм ўазыйпаларына тоқтап өтти және конференция жумысларына табыслар тиледи.

Конференцияны инглис тили хәм әдебияты кафедрасы баслығы, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент А.Тажиева “Some ways of designing ESP(history) lessons” атамасындағы доклады менен баслады.

Кейин Нөкис қаласындағы Өзбекстан Президент мектеби оқытыўшысы Мистер Ричард Монси Мокети «Teaching mathematics in a digital era to student who are nonEnglish speakers» атамасындағы доклады тыңланды. Россияның Кубань мәмлекетлик университети «Әмелий лингвистика» кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы, професор Марина Бодони «Обучение аудированию: проблемы  и решения» атамасында  баянат жасады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президент мектеби оқытыўшылары Мисс Лерато өзиниң “Collaborative teaching in a modern STEAM classroom: limitations, successes and the recurring advantages for all stakeholders in the education process. (With annotations and anecdotes from the UAE, Vietnam and Uzbekistan.)” атамасындағы баянаты менен ҳәм Мисс Гизела Дамм “Creating an Active, Engaging and Rigorous Learning Environment Online in Chemistry with English Language Learning Techniques” атамасындағы баянатлары менен қатнасты. 

 

Конференцияның соңында Қазақстан Республикасы Хожа Ахмед Яссаўий атындағы  Халықаралық Қазақ-Түрк университетинен педагогика илимлериниң доктори, профессор Гульфайруз Еркибаеваның  «Использование инновационных технологий при обучении лексикографии»  атамасындағы баянаты тыңланды.

Улыўма конференцияға Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Қазақ-Түрк халықаралық университети, Ш.Есенов атындағы Каспий мәмлекетлик университети, Шымкент политехника колледжи, Ал-Фарабий атындағы Қазақстан миллий университети, Арқа–Қазақстан мәмлекетлик педагогикалық университети, Алма-Ата 133-санлы улыўма билим бериў мектеби профессор-оқытыўшыларынан, аспирант, магистр ҳәм студентлеринен, сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Бухара мәмлекетлик университети, Самарканд мәмлекетлик университети, Әндижан мәмлекетлик университети, Үргениш мәмлекетлик университети, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Самарканд ветеринария институтиның  Нөкис филиалы, Ташкент Вебстер университети, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекистан Миллий университети, Ташкент химия-технология институты, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәм Нөкис, Хожели, Шымбай районларының улыўма билим бериў мектеплери оқытыўшыларынан 150 ден артық мақала ҳәм тезислер келип түсти.

Конференцияда елимиздеги ҳәм шет мәмлекетлердеги абыройлы жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары, таяныш докторантлары, илимий излениўшилер, магистрантлар, студентлер ҳәм халық билимлендириў тараўы хызметкерлери өзлериниң илимий мақалалары менен  белсене катнасты.