АРАЛ ДАҒДАРЫСЫН САПЛАСТЫРЫЎДЫҢ ЖАҢА СТРАТЕГИЯСЫ

Белгили данышпан шайыр И.Юсупов өзиниң «Оңбағырлар саттылар сени» деген Арал трагедиясы ҳаққында 1991-жылы жазылған қосығында:
«Тәбияттан күтпеңлер мийрим,
Тәбияттан тартып ал» деди,
Сөзи жалған, ўәдеси шийрин,
Олар партбилетли хан еди.
«Мол ақ алтын ушын» деп турып,
Шарап кәсаларын қағысты,
Дәрья суўын шөллерге бурып,
Теңиз таслап кетти жағысты.
Сол таслап кеткен теңиз ҳәзир жағыстан 250 км. алыслап, зәҳәрли шаң-тозаңлар менен бизлерге қырын көрсетпекте.
Теңиздиң жағысты таслап кеткели берли Арал дағдарысы басланып, қарақалпақ халқының аўҳалы мүшкил болып, бул апатшылық «екинши Чернобыль» деп баҳаланды ҳәм Қарақалпақстан халқын басқа жаққа көшириў керек деген мәселелер турғанда, халқымыз Ғәрезсизликтиң шарапатында есин жыйнап алды.
Бурын майданы 66 мың кв. километр болған Аралдың ҳәзир тек киши бөлеги қалып, кеўип қалған ултанынан шыққан дузлы шаң-тозаңларды шашып, бизге жаў болып шықты.
«Ақ сақаллы Аралым, талай күнге жарадың» деп әлпешлеп жүрген Арал ҳәзир бизди гүреске шақырды. Бул гүресте еки тәрептиң екеўине еки түрли күш қатнасып, биреўинде дузлы тозаң, биреўинде ақыл-парасат айқасып атыр.
Егер, бирлиги төмен, «өз көмешине күл тартқан, ертеңги күни өзине де қәўип туўдыратуғынын сезе бермейтуғын инсаният дағдарысына қарсы гүреспесе, онда теңиз ултанынан көтерилген шаң-тозаңлар Орайлық Азияның бир қанша еллерин дуз көрпеси менен жаўып, тиришилик дүньясына үлкен зәлел келтиреди. Қәнигелердиң көрсетиўине қарағанда, теңиз ултанынан көтерилген дуз, бизиң әсиримиздиң отызыншы жылларында Қарақалпақ, Хорезм жерлерин бес сантиметр қалыңлықта дуз көрпесин жабады деп тастыйықлайды.
Елимизде бул дағдарысы басланғанынан бери Аралдың дөгерегиндеги тәбийғый орталықты ҳәм теңиздиң өзин сақлап қалыўға байланыслы үш стратегия, яғный, үш жол пайда болды. Бириншиси — Аралды толық түрде қайта тиклеў, екиншиси — тәсирди жумсартыў, үшиншиси — оған көнлигиў, яғный, адаптация стратегиялары.
Биринши стратегияда Аралды 1960-жылғы аўҳалына алып келиў. Оның ушын аўыл хожалығында түпкиликли өзгерислер ислеў ҳәм региондағы суў қорын теңиздиң экологиясына байланыслы турақлы пайдаланыў, пахтаға, салыға суўды пайдаланыўды кескин азайтыў зәрүр.
Бул жол бойынша теңизди толық тиклеў, суўлардағы зәҳәрли токсинлерди тазалап, атмосферадағы шаң-тозаңлардан қутылып, халықтың саламатлығының сапасын жүдә жақсылар еди. Бул дағдарыс зонасындағы қоршаған орталықты тиклеў Өзбекстанға да, Қазақстанға да, Түркменстанға да ең әҳмийетли мәртебе, ал, басқа еллерге де, Жәҳән банки, ПРООН, ЮНЕП ҳәм дүнья жүзлилик жәмийетшиликке үлкен абырай әкелер еди.
Буны иске асырыў бойынша Өзбекстан ҳүкимети пахта жетистириў режесин азайтты, салыгершилик хожалықларын жапты. Басқа қоңсылас еллер де бул стратегияға айтарлықтай кеўил бөлмеди. Оның орнына, Сибирь дәрьяларын алып келиў, Каспий теңизиниң суўын пайдаланыў сыяқлы гәплер көбирек алға сүрилди.
Екинши, тәсирди жумсартыў стратегиясында теңизди 1997-жыллар арасындағы қәддинде услап, белгили бир бөлеклерин сақлаў. Онда барлық теңиз системасын сақлаўдың зәрүр емеслиги, дельтаны сақлап қалыў әҳмийети көрсетилген. Бул стратегияны иске асырыў бойынша Қарақалпақстанда Жылтырбас, Судочье ҳәм тағы басқа көллер системасын сақлап қалыў ушын қашылар шабылып, Әмиўдәрья суўларын дельтада услап турыў жумысы басланды. Қазақстан болса Аралдың арқасын бөлип алып, «Көк Арал» деген теңизди дүзди. Бул илажлар Аралдың ултанынан көтерилген зәҳәрли шаң-тозаңлардың тәсирин азайтпады.
Үшинши, адаптация (ийкемлесиў) стратегиясы, теңиздиң жойылыўына биротала көнлигиў. Теңиздиң зыянлы ақыбети менен гүресип, себеп пенен гүресиўден бас тартыў. Бул стратегияның тийкарғы кемшилигин Америка илимпазлары Д.Майкл, Х.Глянц былай көрсетеди: Ҳәзир, яғный, «1990-жыллары Орайлық Азияның бир миллионнан артығырақ турғынлары Аралдың зыянлы тәсирине ушыраған болса, гейпара изертлеўшилер еле несин көрипсең деп болжаў береди». Ҳәзирги регион халқы XXI әсирдиң биринши он жыллықларында 60 миллионға жетеди. Ал, Арал дағдарысы аўыл хожалығына жарамлы жерлерди истен шығарып, өнимдарлығын кемейтеди. Оннан басқа да климатологлардың айтыўынша, региондағы климат өзгере баслайды: қыс кескин суўық, ал, жазғы дәўир оғада ыссы, шаң-тозаңларының пәти күшейеди. Жер асты ҳәм қудық суўларының сапасындағы өзгерислер де белгили бола баслайды. Солай етип, көнлигиў стратегиясын пайдаланыўда адамларды зыянлы тәсирден қашырмайды» (Арал теңизи дүнья жүзилик мийрасқа турарлық па?» Колорадо, 1997-ж.) деп тастыйықлайды. Буннан жигирма бир жыл бурын айтылған бул гәп ҳәзир өзиниң шынлыққа жақын екенлигин дәлиллеп атыр.
Арал теңизиниң зардабынан биринши соққыны Қарақалпақстан алды. Бир ярым миллионға жақын журтласларымыздың, олардың денсаўлығы теңиз ултанының жалаңашланып бара бериўиниң есабынан пайда болған жер үсти ҳәм жер асты суўларындағы токсинлер менен, ҳаўадағы токсикалық шаң даўылларының зыянлы тәсирине ушырады.
Бул тәсирлердиң пәтин қайтарыў ушын, Өзбекстан ҳүкимети дүнья жәмийетшилиги менен бирликте айтарлықтай жумыслар алып барды. Әсиресе, ийкемлестириў стратегиясы бойынша көп хызметлер исленип, халқымыздың турмысы жақсыланбақта. Лекин, бийтаптың кеўлин сорап, алма-жүзим апарған менен саўалып кетпейтуғыны сыяқлы гуманитарлық жәрдем менен дузлы тозаңды азайта алмадық. Арал өз күйинде қарсылығын асырып, 80 мың тонна зәҳәрди әтирапқа шашып, ҳәтте, Гималай таўларына да жеткерди.
Арал мәселеси бойынша келешекке көз жиберген ҳәм терең изертлеген, олардың тийимлилигине кеўил толмаған, дағдарыстан халықты қутқарыўдың жанкүйери, ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев бул мәселени шешиўдиң төртинши стратегиялық жолын дүнья жәмийетшилигине усынды, оны илимий жақтан дәлилледи.
Бул стратегия Арал дағдарысынан қутылыў ушын Аралдың өзи менен жекпе-жек гүресиў, өзимиздиң халықаралық Аралды қутқарыў фонды ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң күши менен Аралдың қурып қалған ултанын өсимликлер менен жаўып таслап, дузлы тозаңды туншықтырыў ҳәм ол әтирапта «Жасыл экономика»ны шөлкемлестирип, халық хожалығын раўажландырыўдан ибарат.
Бул батыл ҳәм өткир пикир дүнья илимпазларының, дүнья жәмийетшилигиниң қоллап-қуўатлаўына ериссе, оның адамзат тарийхындағы инсан ақыл-парасатының ең уллы жеңиси ретинде баҳаланады.
Бул стратегия ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң 2018-жыл 24-августтағы Түркменстанның Түркменбашы қаласында Халықаралық Аралды қутқарыў қорын шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары Кеңесиниң әнжуманында шығып сөйлеген сөзинде жәрияланды.
1993-жылы дүзилген Халықаралық Аралды қутқарыў қоры бир неше жыллар даўамында Арал дағдарысының ҳәўирин қайтарыўда бираз унамлы жумыслар иследи. Бул қордың соңғы он жыл ишинде жумысының үзилиске түскенинен тәшўишленген Президентимиз басламасы менен шөлкемлестирилген әнжуман келешекте Аралды қутқарыў мәселесинде үлкен тарийхый әҳмийетке ийе болды. Бул әнжуманда Арал дағдарысын иркиўдиң теориялық ҳәм әмелий-илимий жақтан тийкарланған Ш.Мирзиёев тәрепинен Арал мәселесин шешиўдиң жаңа стратегиясы күн тәртибине қойылды. Дағдарыстың тәсирин қайтарыў ушын жүдә исенимли ҳәм стандарт емес басқа жоллардан айрықша мәселени көтерди.
Бул стратегия бойынша жаңа илимий жетискенликлерди, технологияларды қолланып, Арал аймағында шөллениўдиң даўам етиўине шек қойыў, яғный, теңиз ултанынан ҳаўаға тарап атырған зәҳәрли шаңлардың көтерилиўин тоқтатыў ушын суўдан қурып қалған Арал ултанын тоғайлыққа айландырыў.
Бул стратегия бойынша теңиз ултанын тоғайлар менен жабыў, яғный, ҳәзирги ўақытта жүдә нәтийжели жумыслар арқалы Арал акваториясының 700 мың гектар жерине жаңа тоғайлықлар қосылған. Ал, Президентимиздиң стратегиясы бойынша 10-12 жылда Аралдың қурып қалған ултанын биротала жаўып таслаўдың мүмкиншилиги көрсетилген.
Бул усыныс бойынша Аралдың ултаны тоғайлық пенен жабылып, дузлы тозаңлар иркиледи, орнына жаңа өнимдарлы жайлаўлар ҳәм шарўашылықты избе-из раўажландырыў нәтийжесинде он мыңлаған адамлар жумыс пенен тәмийнленеди, – деди Президентимиз. Демек, ол әтирапта 50 мыңға шамалас халық пәраўан турмыста жасайды.
Бул глобаллық мастшабтағы стратегияны иске асырыў ушын Президентимиз Арал бойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаўды усынды. Бул Арал аймағын экологиялық дағдарыстан қутқарыў бойынша барлық илимий, инновациялық мүмкиншиликлерди мобилизациялаў, шет ел илимпазларын бул иске тартыў, шет ел инвестицияларын әкелиў сыяқлы ўазыйпалы ислерди әмелге асырыўдың зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, шөл шараятына шыдамлы ҳәм азықлық өсимликлердиң нәллерин жетилистириў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириўди ортаға таслады ҳәм бул орайдың келешекте илим-билим дәргайына айланыўының мүмкиншилигин көрсетти.
Енди Журтбасшымыздың уллы стратегиясын иске асырыўда биз қарақалпақстанлы илимпазлардың орны қандай болады деген сораў туўылады.
Биз алымлар қайсы тараўда илимий жумыс жүргизбейик, экологиялық инновацияға ҳәм жаңа технологиялар жаратыўға тиккелей қатнасыўымызға туўра келеди. Бул исте республикамыздың барлық экологлары бирлесип, илимий изертлеўге шет еллердиң илимпазлары менен шет ел инвестицияларын тартып, аянбай хызмет етиўимиз лазым. Бул мәселеде басқалардан көре бизиң илимпазларымыз көбирек мәпдар болыўы керек.
Буның ушын ең дәслеп тоғайлықлар жаратыў исине үлкен үлес қосыўымыз керек. Арал ултанында өсип атырған сексеўил, қандым, шершес ҳәм т.б. бес-алты өсимликлер менен бир қатарда қурғаққа шыдамлы, малға жуғымлы өсимликлер дүньясын кеңейтиў мәселеси, сондай-ақ, Арал ултанының топырағын изертлеў де үлкен әҳмийетке ийе. Президентимиз стратегиясында көрсетилгениндей, Арал бойының раўажланыўында «Жасыл экономика»ның дәреклерин излеў, ол әтирапты өзлестириўде қандай шарўашылықты раўажландырыў, тоғай өсимликлерин қалай пайдаланыў, шарўашылықтың қандай түрин шөлкемлестириў, өзлестирилген жерлердиң суў мәселесин шешиў, артезиан қудықлар ҳәм оған пайдаланатуғын энергия, яғный, самал күшлеринен пайдаланыў ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қалай байытыў, оны қалай пайдаланыў ҳәм басқа да усындай мәселелер бойынша илим изертлеў ислерин баслаў бул стратегияның шәртлерин орынлаўға хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, бул стратегияның иске асыўы Өзбекстан ушын, әсиресе, Қарақалпақстан ушын ығбал-бахыт, ал, дүнья жүзлик шериклик ушын үлкен жетискенлик болатуғын айрықша тарийхый ўақыя болады.
Ж.БАЗАРБАЕВ,
академик.