Институтымыздың 3 студенти «Өзбекстан жаслар аўқамы тәлим гранты» жеңимпазы болды

Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң 2020-жыл 3-марттағы «Өзбекстан жаслар аўқамы тәлим гранты» жойбарын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы Бийлигине муўапық, жоқары оқыў орынларында төлемли шәртнама тийкарында билим алып атырған социаллық жәрдемге мүтәж студентлерге төлемли шәртнама пулларын төлеп бериў тәртиби белгиленген еди.

 

Быйыл «Өзбекстан жаслар аўқамы тәлим гранты» қарақалпақстанлы жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған 5 студентке несип етти. Бул ҳаққында Өзбекстан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Жеңимпаз студентлер арасында Әжинияз атындағы  Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 1-курс студенти М.Имакова, институттың 2-курс студентлери Г.Кутанова ҳәм Г.Акимниязовалар да болып, аўқам тәрепинен олардың контракт төлемлерине жәрдем көрсетилди.