Хош хабар! Институтымыз студенти Әдилбек Бахтыбаев халықаралық дөретиўшилик онлайн таңлаў-фестивалында I дәрежели диплом менен сыйлықланды

Усы жылдың 22-май – 2-июнь күнлери аралығында «Art Line» халықаралық федерациясы тәрепинен балалар, жас өспиримлер ҳәм ересеклер арасында «German Talents» Халықаралық дөретиўшилик онлайн таңлаў-фестивалы болып өтти.
Таңлаў-фестивальға «Едиге» дәстанынан үзинди атқарып, белсене қатнасқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти Әдилбек Бахтыбаев 21-25 жаслы қатнасыўшылар арасында «Вокал. Фольклор. Соло» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды ҳәм I дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, көплеген халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлар жеңимпазы Әдилбек Бахтыбаев 2019-жылы миллий атқарыўшылық бағдары бойынша «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болған еди.