Институтымыз командасы Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиадада табыслы қатнаспақта

Алдын хабар бергенимиздей, Ургенч қаласында биринши мәрте студентлер арасында математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиада өткерилмекте.
Халықаралық олимпиадада институтымыз командасы да қатнаспақта.
Олар институттың илимий изертлеў ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими баслығы П.Калханов және математиканы оқытыў методикасы кафедрасы доценти А.Хожаниязов басшылығындағы команда ағзалары математика-информатика факультети 2-курс студенти Н.Султанов, 3-курс студентлери Ш.Уразматов, Х.Абдуллаев ҳәм 4-курс студенти А.Искендеровлардан ибарат.
29-октябрь күни студентлер арасындағы математика пәнинен Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы 1-халықаралық олимпиаданың тийкарғы бөлими басланды.
Ургенч қаласында жайласқан «Ёшлик» спорт комплексинде халықаралық олимпиада қатнасыўшылары математика пәнинен тапсырмаларды орынлаўға киристи.
Қатнасыўшылар саат 9:00 ден 14:00 ге шекем олимпиада тапсырмаларын орынлады.
Барлық қатнасыўшылар олимпиада сынақларынан кейин Ургенч ҳәм Хийўа қалаларының дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат етти.
Еслетип өтемиз, бул абыройлы халықаралық олимпиадаға дүньяның 20 мәмлекетинен 58 университеттиң командалары қатнаспақта. Онда 334 студент өз ара жарыспақта, оларға 100 команда басшылары жетекшилик етпекте.



Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.