Дөретиўши тулғалардың әдебий мийрасларын еле де терең үйрениў мәселелери белгилеп алынды

Хабарыңыз бар, усы жылдың 20-май күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағында қурып питкерилген Жазыўшылар қыябанын көзден өткерип, жазыўшы ҳәм шайырлар, зыялылар менен ушырасқан еди.

 

Ушырасыўда Жазыўшылар қыябанын әдебият, ағартыўшылық ҳәм мәденият орайына айландырыў, ҳәр бир дөретиўшиниң естелигин белгили бир жоқары оқыў орнына бириктирип, усы жерде ашық сабақлар, ағартыўшылық илажларын өткериў бойынша усыныслар берилди. Бунда тек қыябан менен шекленип қалмастан, жазыўшы ҳәм шайырлардың дөретиўшилигин терең үйрениў, олардың үлгили өмир жоллары ҳаққында китаплар ҳәм фильмлер жаратыў, жаңа шығармалар жазыў кереклиги атап өтилген еди.

 

Усы мақсетте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ушырасыў кешеси болып өтти.

 

Илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

 

Ушырасыўда Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Қ.Юсупов ҳәм институт профессор-оқытыўшылары, мәлимлеме-ресурс орайының қәнигелери, белсенди жаслар сөзге шығып, Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанын идеялық-көркемлик жақтан еле де байытыў мақсетинде қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улы, Өзбекстан Қаҳарманлары, халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновлардың естеликлериниң орнатылыўы әдебиятымызға деген үлкен итибар екенлигин атап өтти.

 

Олардың бай әдебий мийрасын үйрениў, топлаў ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратыў, келешек әўладларға жеткерип бериў мақсетинде алдағы исленетуғын жумысларға тоқталып, шөлкемлестирилетуғын илажлар келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.