Ертеңнен магистратураға қабыллаў басланады. НМПИ магистратурасында жаңадан 3 қәнигелик ашылды

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура қәнигеликлерине улыўма 110 студент қабыллаў жобаластырылған болып, соннан 33 орын мәмлекетлик грант, 77 орын төлемли контракт тийкарында ажыратылған.

 

Алдын хабар берилгениндей, быйылғы жылы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты – magistr.edu.uz арқалы әмелге асырылады.

 

Магистратураға ҳүжжетлер 2020-жылдың 1-июль сәнесинен 30-июль күнине шекем қабыл етиледи.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын улыўма 22 магистратура қәнигелиги бойынша студентлер қабыл етилиўи белгиленген. Солардан 3 қәнигелик быйылғы жылы жаңадан ашылған қәнигеликлер болып табылады.

 

Жаңадан ашылған қәнигеликлер:

 

5А110801 – Сүўретлеў өнери ҳәм әмелий безеў өнери (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында);

 

5А111101 – Музыкалық тәлим ҳәм көркем өнер (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында);

 

5А112001 – Денетәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (улыўма 4 орын қарақалпақ топары ушын ажыратылған, соннан 1 орын мәмлекетлик грант, 3 орын төлемли контракт тийкарында).

 

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура қәнигеликлерине қабыллаў көрсеткишлери менен төмендеги кесте арқалы танысыўыңыз мүмкин.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2020-2021-оқыў жылында магистратура бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлериниң қәнигеликлер ҳәм оқытыў тиллери бойынша

БӨЛИСТИРИЛИЎИ

 

 

 

 

 

Шифр

 

 

Қәнигеликлер

Жәми

(институт бойынша)

Мәмлекетлик грант

Төлемли контракт

Жәми

Соның ишинде

Жәми

Соның ишинде

Ққ

Өзб

Рус

Қаз

Ққ

Өзб

Рус

Қаз

Институт бойынша

110

33

30

1

1 рус

1 қаз

77

64

5

5 рус

3 қаз

1

5А110101

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (математика)

6

6

6

 

 

 

 

 

 

2

5А110102

Билимлендириўде мәлимлеме технологиялары

6

6

6

 

 

 

 

 

 

3

5А110201

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (физика ҳәм астрономия)

6

1

1

 

 

5

5

 

 

4

5А110301

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (химия)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

5

5А110401

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (биология)

6

2

2

 

 

4

4

 

 

6

5А110501

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (география)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

7

5А110601

Социаллық-гуманитарлық пәнлерди оқытыў методикасы (тарийх)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

8

5А110801

Сүўретлеў өнери ҳәм әмелий безеў өнери

4

1

1

 

 

3

3

 

 

9

5А110901

Педагогика теориясы ҳәм тарийхы (хызмет түрлери бойынша)

6

1

1

 

 

5

5

 

 

10

5А110902

Педагогика ҳәм психология

6

1

1

 

 

5

5

 

 

11

5А110903

Билимлендириў мәкемелериниң басқарыўы

4

1

1

 

 

3

3

 

 

12

5А111101

Музыкалық тәлим ҳәм көркем өнер

4

1

1

 

 

3

3

 

 

13

5А111201

Өзбек тили ҳәм әдебияты

6

1

 

1

 

5

 

5

 

14

5А111301

Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты

6

1

 

 

1 рус

5

 

 

5 рус

15

5А111301

Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты

6

1

1

 

 

5

5

 

 

16

5А111301

Ана тили ҳәм әдебияты: қазақ тили ҳәм әдебияты

4

1

 

 

1 қаз

3

 

 

3 қаз

17

5А111401

Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили)

6

1

1

 

 

5

5

 

 

18

5А111601

Социаллық-гуманитарлық пәнлерди оқытыў методикасы (руўхыйлық тийкарлары)

6

1

1

 

 

5

5

 

 

19

5А111701

Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (баслаўыш тәлим)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

20

5А111801

Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (мектепке шекемги билимлендириў)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

21

5А112001

Денетәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы

4

1

1

 

 

3

3

 

 

22

5А112101

Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (технологиялық тәлим)

4

1

1

 

 

3

3

 

 

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.