Жаслар менен ислесиў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы тайынланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы лаўазымына Бекмуратов Бахтыяр Бийсенбаевич тайынланды.
Б.Бекмуратов 2012-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бакалавриат күндизги бөлимин, 2018-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм үмитли кадрларды таярлаў институтын табыслы питкерип шыққан.
Мийнет жолы даўамында институттың руўхыйлық-ағартыўшылық ҳәм зийрек студентлер менен ислесиў бөлиминиң баслығы, Өзбекстан жаслар аўқамының институт басланғыш шөлкеминиң жетекшиси ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.
НМПИ баспасөз хызмети.