Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими ҳәм физика-математика факультетлери профессор-оқытыўшылары қатнасыўында онлайн видеоконференция болып өтти

Видеоконференцияны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров ашты ҳәм басқарып барды. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-май кунги Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў тараўын және де жетилистириў илажлары ҳаққындағы ПФ-5729-санлы Пәрманында белгиленген «Коррупциясыз тараў» жойбары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм ислениўи тийис болған мәселелерге итибар қаратты.

Бул жағдай бойынша институтымызда бир қанша илажлар әмелге асырылыўына қарамай соңғы алты ай ишинде үш ҳалат анықланыўы, яғный студентлер қатарына қабыл етиў, оқыў процессинде тапсырылатуғын түрли сынаўлар, студентлердиӊ питкериў қәнигелик жумысы ямаса магистрлик диссертациясын таярлаў ҳәм қорғаў, магистратураға қабыллаў, студентлердиӊ оқыў орнын көшириў, оқыў тараўларын өзгертиў ҳәм де оқыўға қайта тиклеў ҳалатларында нызамсыз ҳәрекетлерге жол қойылып атырғанлығын атап көрсетти. Мине, бул жағдайлар бизлер ушын уятлы ҳалат болғанлығын, Республикамызда ең тарихий әҳмийетке ийе болған қаншадан-қанша ел хызметиндеги азаматларды тәрбиялап кәмалға келтирген институтымыз абыройына дақ келтирилгенлигин айрықша атап, конференция қатнасыўшыларына «Өз үйимди коррупция ҳалатынан қалай сақлайман» деген уран астында жаңаша көзқарас пенен пикир усынысларын билдириўге шақырды. Усы усыныслар тийкарында институтымыздың коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша жол картасы ислеп шығылатуғынлығын атап өтти.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша конференция қатнасыўшылары усыныслары тыңланды.

Сөзге шыққанлар көтерилген мәселелер ҳақыйқатында да ең әҳмийетли мәселелер екенлиги ҳәм бул тараўда әмелге асырылып атырған илажлар бойынша пикир усынысларын билдирди. Атап айтқанда:

-коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм буннан былайда болдырмаў ушын әшкаралық принципин таңлаў (болып өткен жағдай бойынша ашықтан-ашық институт имаратына кирер жерлерге дағазалаў яки кеңейтилген мәжилислерде үйренип шығыў);

-коррупциялық жағдайларға мейил болған профессор-оқытыўшылар дизимин қәлиплестириў ҳәм олар менен тығыз байланыста болыў;

-устаз-шәкирт қәдириятларын жақсы жолға қойыў;

-жоқары оқыў орынларында кафедраға болған жуўапкершиликти арттырыў ҳәм оған биринши дәрежели мәселе деп қараў;

-кадрлар таңлаў, жумысқа алыў мәселесинде итибарлы болыў, оларды толық үйренип шығыў;

-студентлер ҳәм олардың ата-аналары менен тығыз байланысты күшейтиў сыяқлы бир қанша усыныслар берилди.

Профессор-оқытыўшыларымыз мине усындай мәмлекет раўажланыўына тосық болатуғын коррупциялық ҳалатларға араласып қалыўы бул елимизде ең аўыр жағдайлардың бири екенлигин, оқытыўшыларымыз зыялылар болып, бул ис-ҳарекетлерди әмелге асырса ертеңги кунимиз қандай жағдайларға алып келиўин және бир мәрте атап өтти ҳәм профессор-оқытыўшыларымызды бундай иллетлерге араласып қалмаўға, коррупцион ҳалатларына жол қоймаўға шақырды және алдағы жумысларында табыслар тиледи.