Институтымызда Тәжикстан миллий университети ўәкиллери мийманда болды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Тәжикстан Республикасындағы Тәжикстан миллий университетиниң механика-математика факультетиниң деканы Раим Одинаев, университет доценти Абдулло Мирзоев ҳәм бир қатар студентлер менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында институт пенен Тәжикстан миллий университети арасында билимлендириўдиң ҳәр түрли тараўлары бойынша биргеликте ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.

Оған муўапық, келешекте еки жоқары оқыў орны ортасында профессор-оқытыўшылар, магистрантлар, студентлер ҳәм илимий излениўшилердиң билимин жетилистириў, стажировкаға жибериў, биргеликте илимий қолланбалар ҳәм китаплар шығарыў, мағлыўматлар алмасыў, биргеликте илимий конференция, семинарларды өткериў бойынша келисип алынды.

Буннан соң мийманлар физика-математика факультетинде болып, ол жердеги профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен ушырасып, өз-ара пикир алмасты.

 

Сахибжамал Есемуратова,

Халықаралық байланыслар бөлими методисти.